Замира Хожаназарова - Туўылған жер қосығы_Zamira Xojanazarova - Tuwılǵan jer qosıǵı

Аватар автора
Qq by ai
Оригинал қосықты: Сөзи : Қарақалпақстан халық шайыры - Улмамбет Хожаназаров Атқарыўшысы: Замира Хожаназарова Намасы : Р. Султанов Бул инсанларға мың алғыс, Алла өзи жарлықасын!!! _______________________________________ ҚАРАҚАЛПАҚ ҚОСЫҚШЫЛЫҚ ӨНЕРИНИҢ ЖАРҚЫН ЖУЛДЫЗЫ – ЗАМИРА ХОЖАНАЗАРОВА (1960-1990 жж.) ҳаққында. Замира Хожаназарова 1960-жылы Нөкис қаласында туўылған. Ол орта мектепти тамамлағаннан соң Ташкент қаласындағы Театр ҳәм көркем өнер институтында оқыды. Институтты табыслы питкергеннен соң ол өзиниң мийнет жолын Бердақ атындағы Мәмлекетлик филармонияда қосықшы болыўдан баслады. Соңынан эстрадалық-хореографиялық «Қырқ-қыз» ансамблинде қосықшылық өнерин даўам етти. Замира Хожаназарова 1986-жылдан баслап өмириниң ақырына шекем ҚҚАССР телевидение ҳәм радио еситтириў бойынша Мәмлекетлик Комитетинде «Халық сазлары” оркестринде қосықшы болып жумыс иследи. Ол еле студент ўақтында-ақ Қарақалпақстан АССРының Татарстандағы мәденияты күнлеринде қатнасқан. Ол сондай-ақ, Дағыстан АССРында ҳәм Ташкент қаласында өткерилген Қарақалпақстан Мәденияты күнлеринде қатнасып, өзиниң сөнбес таланты менен танылған. Ансамбль менен бирге Россия (РСФСР)ның бир неше қалаларында, Украина, Белоруссия Республикаларында гастрольларда болған. Замира Хожаназарова Қарақалпақ миллий көркем өнерине өзиниң айырықша лапызы менен араласты. Ол өзиниң атқарған Халық қосықлары, эстрадалық ҳәм басқа тиллерде атқарған қосықлары менен халқымыздың белгили қосықшысына айланды, әсиресе, сол дәўирдиң жаслары оның...

0/0


0/0

0/0

0/0

Скачать популярное видео

Популярное видео

0/0